Ishonch telefoni

+998(61) 222-74-50

Ko'rinish

Shrift o'lchami

So'ngi yangiliklar

🏗 Қытай компаниясы Нөкисте ири үй-жай комплексин қур
25-05-2024

🏗 Қытай компаниясы Нөкисте ири үй-жай комплексин қурады

Қурылыс ҳәм үй-жай коммунал хожалығы министри орынбасары Тоир Алиматов Қытай Халық Республикасының Sanmenxia Luqiao Construction Group Co., Ltd. компаниясы атқарыўшы директоры Чжан Сюан Хао басшылығындағы делегацияны қабыллады.

Мәлим болыўынша, бул компания Нөкис қаласында ири үй-жай комплексин қурыўды режелестирмекте. (https://t.me/kruzuz/33822?single)

Ушырасыўда министр орынбасары Т.Алиматов қурылыс жойбарларын әмелге асырыўда итибар берилиўи керек болған мәселелер бойынша өз усынысларын билдирди. Қытайлылар жойбарды ислеп шығыўда жасыл аймаққа үлкен итибар берилип атырғанлығын айрықша атап өткен.